"

"Ел хызметинде" газетасы

@el_xizmetinde

" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!

4 166 подписчиков
ЕжедневноКачество: 85%🇷🇺 RUПоследний пост: 21.04.2022
Открыть в TelegramПоделиться в TG

Последние посты

"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

Рәсмий: Нөкис районында "Дамас"лар себепли жол тосылды2022-жыл 23-апрель күни Нөкис районы орайында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги  тәрепинен рейд жумыслары алып барылды. Усы рейд жумыслары даўамында "Дамас" маркалы автотранспортлардыӊ ҳүжжетлери ҳәм лицензиясы тексерилип, ҳүжжетлери болмаған автотранспортлар ийелери ушын нызам шеӊберинде баянламалар рәсмийлестирилди, деп хабар бермекте Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети. Бул узақ ўақыт иркинишлер бойынша жолаўшылар тәрепинен наразылық келип шықты. Саат 12:30да  жол тосып қойылды.  Келип шыққан жағдай бойынша Нөкис районы Ишки ислер бөлими тәрепинен пуқараларға түсиндириў жумыслары алып барылды.@el_xizmetinde

23 апр. 2022 г.47 400В Telegram
"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

Турақ жайлардың «снос»қа түскенин анықлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи«Қурылыс тараўына тийисли бирден-бир ҳәкимшилик қурылыс регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.Қарарға муўапық, төмендегилер бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйқланды:Имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў;Имарат ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин өзгертиў, қайта қурыў, реконструкциялаў ҳәм өз аймағында қосымша имарат ҳәм объектлерди қурыўды жойбарластырыўға рухсатнама бериў;Архитектуралық-жобаластырыў тапсырмасын ислеп шығыў;Жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерди келисиў;қурылыс-монтаж жумысларын баслаў ушын объектти дизимнен өткериў;Қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланған объекттен пайдаланыў ушын рухсатнама бериў;көшпес мүлк бузылыўға түскен яки түспегенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў.Усы тийкарда, атап айтқанда, имарат ҳәм турақ жайлардың бузылыўға түсиў жағдайы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын МХО яки БИМХПға мүрәжат етиледи.⏳Мағлыўматнама алыў ушын арзалар БИМХП арқалы дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин.🗓Мағлыўматнама 3 жумыс күнинде рәсмийлестириледи ҳәм арза бериўшиниң электрон адресине жиберилип, оған бул ҳаққында хабар бериледи.@el_xizmetinde

23 апр. 2022 г.38 800В Telegram
"Ел хызметинде" газетасы — пост в ТГ канале
"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

Үстиртте (Қазақстан территориясында) фотоқақпанға түсип қалған жалғыз леопардтың өткен жылы өлиги табылыпты. Бул леопард Үстиртке Копетдағдан келген болыўы мүмкин, дейди қазақстанлы экологлар. Өлиминиң себеби белгисиз.@el_xizmetindeҮстиртте (Қазақстан территориясында) фотоқақпанға түсип қалған жалғыз леопардтың өткен жылы өлиги табылыпты. Бул леопард Үстиртке Копетдағдан келген болыўы мүмкин, дейди қазақстанлы экологлар. Өлиминиң себеби белгисиз.@el_xizmetinde

22 апр. 2022 г.36 700В Telegram
"Ел хызметинде" газетасы — пост в ТГ канале
"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

Ҳиндстанлы жетик қәнигелерден уйде турып, мәсләҳәт алыўды қәлейсиз бе? Балаларда баўыр ҳәм ас сиңириў системасы менен байланыслы машақатлар болса, педиатрик гепертолог др. Деепак Гойал менен, үлкенлерде баўыр кеселлиги бойынша др. Мукул Растогт пенен болатуғын онлайн консультацияларға мирәт етемиз.Көрик Zoom платформасында әмелге асырылады.Дизимнен өтиў ушын:+998902173787998901457673

21 апр. 2022 г.37 800В Telegram
"Ел хызметинде" газетасы — пост в ТГ канале
"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

2021-2022- оқыў жылы жуўмағында 5-6-7-8 ҳәм 10-класслардың класстан-классқа өтиў имтиханлары болмайды,-деп хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги. Ҳәмме мектеплерде 9 ҳәм 11-класс питкериўшилериниң жуўмақлаўшы имтиханлары 26-майдан 15-июньға шекем өткериледи.@el_xizmetinde

21 апр. 2022 г.34 200В Telegram
"
"Ел хызметинде" газетасы@el_xizmetinde

МОЙНАҚТА НЕГЕ 30 ПАЙЫЗ, АЛ, ЗАРАФШАНДА 60?Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мийнет базарында мийнет мүнәсибетлерин тәртипке салыў ҳаққында қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы 743-санлы қарары менен тастыйықланған «Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақларда ислеўши хызметкерлер мийнетине ис ҳақы төлеўге район коэффициентлерин, сондай-ақ, оларға ҳәр жылы берилетуғын қосымша дем алыс күнлериниң ең кем мүддетин белгилеў ҳәм қоллаў тәртиби ҳаққында» ғы нызамға муўапық Мойнақ ҳәм Қоңырат районларында 30 пайыз, Зарафшан ҳәм Үшқудық қалаларында 60 пайыз үстемелер белгиленген.Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақлар дегенде, дәрҳал көз алдымызға Мойнақ районы сәўлеленеди. Бул пүткил дүнья жүзине белгили де. Бирақ, негедур ең аўыр экологиялық аймақта жайласқан мойнақшыларға, экологиялық ҳәм экономикалық жақтан салыстырмалы түрде жақсы жасап атырған Зарафшан ҳәм Үшқудықлы хызметкерлерден еки есе кемкоэффициент белгиленген. Арал апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдай аўырлығы себепли әпиўайы халық арасында кеселликке шалыныў ҳәм өлимшилик ҳалатлары жыл сайын артып бармақта. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанның арқа районларында гипертония ҳәм бас мий инсульты кеселликлери ҳәр 5 жылда 50-55 пайызға артып бармақта.Мойнақта аўыр экологиялық жағдай ҳәм де жумыссызлық, мийнетке төленетуғын ис ҳақының қонымсызлығы себепли жергиликли кадрлар бул жерден кетип қалмақта. Жақында президент «Мойнақта ислеймен» деген шыпакерлерге еки есе айлық ис ҳақы төлеў керек екенлигин мәлим еткен еди.Мойнақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын ҳүкиметимиздиң жоқарыдағы бул қарарына өзгерис киргизиў мақсетке муўапық болар еди. Ис ҳақы төлениўи ең болмаса Зарафшан қаласы ҳәм Үшқудық районлары менен бирдей белгиленсе екен.Алмас Мәдреймов, шыпакер. Мойнақ районы.@el_xizmetinde

21 апр. 2022 г.32 800В Telegram

Похожие каналы